Сана: 07.11.2016 12:17 | Муаллиф: Светлана Жалменова | Рукн: Таржимонлик маҳорати | Ўқилди: 2281Шарҳ 0
Күнлерден биринде бир адам жумыстан жақсы көтериңки кейпият пенен қайтып киятыр еди, себеби оған еки күнлик дем алыс берилди. Машинасында барар екен, ол тезирек үйине жетип алыўды ойлады. Дәрбент көшениң кесилиспесине жеткенде кескин машина тормозының даўысы еситилди. Ол бийқастан адам қағып алды. Машинадан түсип, оның жерде қанға боялып жатырған 10-11 жаслар шамасындағы балаға көзи түсип, оны дәрхал емлеўханаға жеткизди. Бала еле тири екен. Бас шыпакерге жолығып оның өсирин қутқарып қалыўын өтинип сорады.
Шыпакер болса оннан хызмети ушын ақша талап етти. Ақшаны ҳәзир алып келмегенше операцияны басламайтуғынын айтты. Сонда жигит асығып ақша таўып келиўге кетти. Ярым сааттан соң жигит ақша таўып әкелип шыпакерге узатты. Ал, шыпакер ақшаны алғаннан кейин ғана бала жатырған палата қаяқта екенин сорады. Әттең, бул ўақытта баланың жаны үзилип болған еди. Бала жатырған палатаға кирип барған шыпакер дад салып бақырып жылап жиберди. Бул бала оның баласы еди...
Өзбек тилинен
Светлана Жалменова
аӯдармасы
Толық атым-фамилиям: Авезов Саламат Юлдашевич.
Туӯылған сәнем: 1983 жыл 27 июль.
Туӯылған жерим: Нөкис қаласы.
Мағлыӯматым: ТИТУ Нөкис филиалы «Хабар Технологиялари» факультети.
Қәнегилигим: Информатика ҳәм хабар технологиялары, Веб-дизайнер.
Буржым: Арыслан.
Мушелим: Тоңғыз.
Толық...