Сана: 23.10.2016 16:30 | Муаллиф: Светлана Жалменова | Рукн: Таржимонлик маҳорати | Ўқилди: 1255Шарҳ 0
Бир адам «Майкрософт»қа жумыс излеп барыпты. Компаниядағылар электрон мәнзилиңизди қалдырың, өзлеримиз байланысқа шығамыз, бизге тазалаўшы (санитар) керек депти. Жаңағы адам компьютери де, электрон почтасы да жоқ екенлигин айтып шығып кетипти. Көшеге шықса, бир адам алма сатып отырған екен. Қалтасындағы 30 доллар ақшаға алма сатып алды ҳәм адамлары көп көшеге барып сатты. Еки сааттан соң оның ақшасы 5-6 есеге көбейди. Солай етип әсте-ақырын өз бизнесин баслады. Арадан ӯақыт өтти, ол енди супермаркетлер тармағын иске түсирди.
Бир күни бизнесин қамсызландырыӯ ушын қамсызландырыӯ компаниясына барды. Ол жерде де электрон мәнзилин сорады.
Жуӯап: Сол бурынғыдай: компьютер де, электрон мәнзил де жоқ. Компания хызметкери қайта сорады: Компьютериңиз жоқ бола тура сонша бизнести жүритипсиз. Егер компьютериңиз бар болғанда не ислер едиңиз?
Жуӯап: «Майкрософт»та тазалаӯшы болып ислер едим.
Жуўмақ: Биз көбинше өз ишки имканиятларымызға исенимсизлик пенен қараймыз ҳәм ериншеклик ҳәм нашүкирлик етип ҳәмийше өзимизге қолайлы шәрт-шараятлар излеймиз. Базыда өзимизде жоқ болған нәрселеримиз бизге өмирдеги өз жолымызды таўып алыўымызға силтеўши белги болады. Өзиңизге ҳәм ишки имканиятларыңызға исеним менен ҳәрекет етиң!
Өзбек тилинен
Светлана Жалменова
аӯдармасы
Толық атым-фамилиям: Авезов Саламат Юлдашевич.
Туӯылған сәнем: 1983 жыл 27 июль.
Туӯылған жерим: Нөкис қаласы.
Мағлыӯматым: ТИТУ Нөкис филиалы «Хабар Технологиялари» факультети.
Қәнегилигим: Информатика ҳәм хабар технологиялары, Веб-дизайнер.
Буржым: Арыслан.
Мушелим: Тоңғыз.
Толық...