Саламат Авезов

| |

Үш елек

Сана: 26.12.2016 12:26  |  Муаллиф: Светлана Жалменова  |  Рукн: Таржимонлик маҳорати  |  Ўқилди: 2352Шарҳ 0

Бир адам Сократқа бир күни былай деди:
— Билесең бе сениң достың сен ҳаққында маған не деди?
— Тоқтап тур, – деди Сократ оған. – Әўели айтажақ болған гәплериңди үш електен өткер.
— Үш електен? – ҳайран болды ол адам да.
— Бир нәрсени айтпастан алдын, оны үш електен өткериў керек. Әўели ҳақыйқат елегинен. Әне сол гәп шын-ырас екенине сениң исенимиң кәмил ме?

— Яқ, мен тек усы ҳаққында еситиим ғана.

— Демек, сен бул гәптиң ырас я өтирик екенин билмейсең. Онда екиншиси – жақсылық елегинен өткиземиз. Сен мениң достым ҳаққында бир аўыз болсада жақсы зат айтпақшымысаң?

— Яқ, керисинше.

— Демек, – даўам етипти Сократ, – Сен ол ҳаққында қандайдур жаман гәп айтажақсаң, бирақ буның да ырас екенине исенимиң кәмил емес өзиңниң. Үшиншиси – пайда елегин қолланып көремиз. Сен ҳәзир маған айтажақ болған гәпиңди мен соншелли еситиўим зәрүр ме?

— Яқ, бунда ҳешқандай зәрүрлик жоқ.

— Солай етип, – сөзин жуўмақлады Сократ, - Сен айтпақшы болған гәпиңниң ҳақыйқаты да, жақсылығы да, пайдасы да жоқ. Онда енди айтыўдың не кереги бар, сонда?

Өзбек тилинен
Светлана Жалменова
аӯдармасы  

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Излеў

Хызмет көрсетиӯ

Тийкарғы бөлим

Рубрика

Меҳир қолларымызды созайық

Өз ҳуқықыңызды билесиз бе?

Go to Top