Саламат Авезов

| |

Ең туӯры сораӯ

Сана: 27.01.2016 – 11:08  |  Муаллиф: Саламат Авезов  |  Рукн: Таржимонлик маҳорати  |  Ўқилди: 2003Шарҳ 0

Бала өзиниң үш дөңгеликли велосипединде айланып жүрген еди. Орындықлардың биринде жылап атырған жас ҳаялға ҳайран қалып, қарады. Кейин қасына барып, әсте ғана сорады:
— Апажан, сизге не болды? Неге жылап атырсыз?
Ҳаялдың көзлери қызарып кеткен еди. Аӯыр “уҳ” тарқанша:
— Сен еле бул нәрселерди түсиниӯге кишкинтайлық етесең, – деди ҳәм бурынғысынан да беттер жылап жиберди. Бала ҳайран болып, және сораӯ берди:
— Бир жериңиз аӯырып, атырма апажан? Егер сизге велосипедимди берсем, жыламайсыз ба?
Кишкине баланың мехрибаншылығыннан ҳаял және де өкирип жылады. 
Балам-аў, мени бул дүньяда хеш ким жақсы көрмейди.

Хеш кимге керегим жоқ, билдиң бе, хеш кимге!

Бала бирден сиргек тартты:

— Шыныңда да бул ҳаққында ҳәммеден сорадыңыз ба?

Бул сораӯға ҳаял дәслеп кеӯил бөлмеди. Бирақ бир неше миннутлар ишинде өзине келди. Садалық пенен берген баланың сораӯында өзи аңламаған ҳақыйқатлық бар еди. Өмир, тек ғана бир адамның муҳаббаты, мүнәсебетинен ибарат емес-ғо! Өмирге мазмун бағышлаған, периштедей тынық перзентлери оны жанынан жақсы көриӯлери жалған ба? Жуп кептердей бир-бирине сүйенип қалған ата-анасының меҳри бар? Әтирапындағы усыларды көрмей, бир арсыз ушын қәдирин төгип, жылап отырғанынан уялып кетти. Көз жасларын артты, әсте ғана күлимсиреп баланың басынан сыйпап:

— Туӯры айттың, улым, – деди. – Ҳәммеден сораӯды умытыппан, рахмет саған.

Бала “ерси апа”ның не ушын жылағанын, не ушын күлгениниң мәнисин түшинбеди. Бир мүддет ойланып турды, кейин ойнап атырған досларының қасына жуўырап кетти.

Өзбек тилинен
Саламат Авезов
аӯдармасы

«Қарақалпақстан жаслары» газетасы
28-апрель, 2016-жыл №18 (7878)

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Излеў

Хызмет көрсетиӯ

Тийкарғы бөлим

Рубрика

Меҳир қолларымызды созайық

Өз ҳуқықыңызды билесиз бе?

Go to Top