Сана: 07.08.2016 14:37 | Муаллиф: Светлана Жалменова | Рукн: Таржимонлик маҳорати | Ўқилди: 1405Шарҳ 0
Бир күни бир ешек қудыққа түсип кетипти ҳәм адамларды жәрдемге шақырыў ушын бар даўысы менен аңқыра баслапты. Оның даўсын еситкен ийеси жуўырып келди ҳәм оны қудықтан шығарып алыў ушын қолынан келгенин иследи. Ешекти қудықтан шығарып алыудың хешбир шарасы жоқлығын түсинген ийеси сондай пикирге келипти; «ешегим әдеўир қартайып қалды, жақын арада кетип қалыўыда мүмкин, өзи олсыз да жаслаў ҳәм күшлилеу ешек сатып алайын деп жүр едим.. Қалаберсе бул қудық та әдеўир қурып қалды, оны қашшаннан бери көмип таслап, таза қудық қазыйын деп жүр едим. Неге енди бир оқ пенен еки қоянды урмайман?! Бирден ешек ҳәм қудықты көмип қояғойайын..» деп ойлапты.
Көп ойлап отырмастан қоңсыларын шақырып бел-кетпенлерин алып қудықты топырақ пенен толтыра баслапты. Не болып атырғанын пәмлеген ешек, даўсының барынша бақыра баслады. Бирақ, адамлар оның даўысына итибар берместен, қудыққа топырақ таслаўда даўам етер еди. Бир ўақлары ешек тым-тырыс болып қалды. Ийеси қудыққа қараса, таң қаларлық көриниске гүўа болған еди. Ешек өзиниң үстине тасланған топырақты бир силкинип түсирип жиберип, аяқлары астына басар еди. Бираз ўақыттан соң ешек ҳәммени ҳайран қалдырып, топырақларды тепкилеп-тепкилеп, жоқарыға көтерилип, қудықтан шығып алды.
Буннан шығаратуғын жуўмақ:
Бәлки, сизиң өмириңизде де көп қыйыншылықлар, тәшуишлер бар шығар. Күйинбең, бәлким олар келешекте сизге жаңадан-жаңа жақсылықлар келтирер. Ҳәрқашан сизди көмип тасламақшы болып, үстиңизден топырақ тасласа, сиз желкеңизге түскен сол топырақты бир силкинип, мине усы топыраққа шүкир қыла отырып, жоқарыға өз мақсетлериңизге қарай ҳәрекет ете бериң. Мине усылай етип әсте-ақырын ең шуқыр қудық түбинен жоқарыға шыға алыу мүмкин. Ҳәрқандай тәшуиш, кыйыншылық - Сизге атылған тас сыяқлы. Мине усы таслар жәрдеминде сиз жоқары дәрежелерге көтерилип барасыз!
Өзбек тилинен
Светлана Жалменова
аӯдармасы
Толық атым-фамилиям: Авезов Саламат Юлдашевич.
Туӯылған сәнем: 1983 жыл 27 июль.
Туӯылған жерим: Нөкис қаласы.
Мағлыӯматым: ТИТУ Нөкис филиалы «Хабар Технологиялари» факультети.
Қәнегилигим: Информатика ҳәм хабар технологиялары, Веб-дизайнер.
Буржым: Арыслан.
Мушелим: Тоңғыз.
Толық...