Сана: 08.08.2016 10:20 | Муаллиф: Светлана Жалменова | Рукн: Таржимонлик маҳорати | Ўқилди: 1451Шарҳ 0
Лампочканы ойлап тапқан Эдисон балалығында бир күни үйине келип: «Мынаў мектеп администрациясынан хат!» деп анасына бир бет қағазды усынды. Анасының көзлери жасқа толып хатты кишкене ғана баласына оқып бере баслады: «Балаңыз дым, хәдден тыс қәбилийетли. Мектеп ол ҳәм оның бул қәбилийетлери ушын тарлық етеди.
Үйиңизде тәлим ала ғойсын!»
Арадан бир нешше жыллар өтти. Инсаният тарийхында ең үлкен ойлап табылыўлар авторы болған Эдисонның анасы дүньядан өтти. Күнлердиң биринде анасының ески шкафын ашып, ишин көзден өткерип атырған ол төмендегише жазылған хатты таўып алды: «Балаңыз оғыры ақылсыз, ертеңнен баслап мектепке келмесин!» Эдисон узақ ўақытқа шекем көзлерине толған көз жасларын, жылаўын тоқтата алмады. Усыннан соң естеликлер дәптерине төмендеги қатарларды жазып қойды: Эдисон жүдә келтепәм бала еди. Анасының бийтәкрар хызметлери себепли талант ийесине айланды.
Өзбек тилинен
Светлана Жалменова
аӯдармасы
Толық атым-фамилиям: Авезов Саламат Юлдашевич.
Туӯылған сәнем: 1983 жыл 27 июль.
Туӯылған жерим: Нөкис қаласы.
Мағлыӯматым: ТИТУ Нөкис филиалы «Хабар Технологиялари» факультети.
Қәнегилигим: Информатика ҳәм хабар технологиялары, Веб-дизайнер.
Буржым: Арыслан.
Мушелим: Тоңғыз.
Толық...