Саламат Авезов

| |

Әлбетте пайда береди

Сана: 30.01.2017 12:41  |  Муаллиф: Саламат Авезов  |  Рукн: Таржимонлик маҳорати  |  Ўқилди: 1405Шарҳ 0

Теңиз жағасында сейил қылып жүрген киси сәл арманлаўда нелердидур жерден алып, теңизге атып атырған баланы көрди. Жақынрақ барса, бала қумдан теңиз жулдызшаларыны алып, жаға болап шашылып жатар еди.

— Неге жулдызшаларды теңизге атып атырсаң? — сорады киси балаға жақын барып.

— Егер теңиз жулдызшалары азаңға дейин қурықлықта қалса, набыт болады, — деп жуўап бала өз жумысыны даўам еттирип.

— Ал, бул ақмақлық-ғо?!

— деди жаңағы адам. — Дөгирегиңе қара! Бул жерде миллионлап жулдызшалар бар. Сен олардың ҳәммесини атып тамамлай алмайсаң. Бул ҳәрекетиң бийпайда.

Бала нәўбеттеги жулдызшаны қолына алды, бир дем ойланып, оны да теңизге атып жиберди де ҳәм деди:

— Жоқ, мениң ҳәрекетлерим, әлбетте, пайда береди...

Буны көрген киси жулдызшалардан бирини алып теңизге атты, кейин және бирини...

Кешке жақын жағаға жүзлеп адамлар жулдызшаларды теңизге атыў менен бәнт еди.     

Өзбек тилинен
Саламат Авезов
аўдармасы

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Излеў

Хызмет көрсетиӯ

Тийкарғы бөлим

Рубрика

Меҳир қолларымызды созайық

Өз ҳуқықыңызды билесиз бе?

Go to Top