Сана: 24.05.2018 | Муаллиф: Зибийри АБДИНИЯЗОВА | Манба: «Қарақалпақстан жаслары» газетасы | Ўқилди: 1372Шарҳ 0
Район орайынан салынган 2 кабатлы 32 квартиралы имаратағы Рысгүл Қошанованың шаңарағына қайрылғанымызда тигиў машинасында фартуклер тигип атырған жумыс ўақтына бардық. Сәлемлесип, ҳал-аўҳал сорасып, ҳармасын айттық.
– Имканиятсызларға имкан жаратып берген Президентимизге рахмет. Бир үйге не керек бәри бар. Жумыс пенен тәмийинленип, халыкқа хызмет етип атырғанымнан куўанаман. Өз өнимимди кәрип, имканиятсызлығымды, тәшўишлеримди умытаман, – дейди ол камсығып.
Жубанышым жумысым – деп куўаныштан көз жасларын тыя алмаған Рысгүлге тәғдирден налымаң жарық күнлердиң имканы басланғаны шығар, деп бираз тәселлелер айткан болдық.
Үйсиз-жайсыз, квартирада жүрген, көп қыйыншылықларды басынан кеширип атырған Рысгүл 2011-жылы автоаварияға ушырап, тәғдирдиң ең аўыр соққысынан сүрнигип, еки аяғынан майып болып қалып, ол ушын өмир таўсылған еди.
Инсан мәплери ҳәмме нәрседен үстин, қәдир-қымбаты жоқары қуяшлы елимизде ҳеш бир инсан итибардан шетте қалмайды. Сол айтқандай Рысгүл Қошанованың да өмиринде 2О17-жыл, 9-сентябрь умытылмас күн болды. Имаратлы, жумыслы болды.
Бүгинги күннен разы болып, ертеңги күнге умтылысы бәлент. Себеби, мәмлекетимизде кем кеўил инсанларға көрсетилип атырған ғамқорлыклардан жүдә миннетдар.
Зибийри АБДИНИЯЗОВА.
Манба: «Қарақалпақстан жаслары» газетасы
24-май, 2018-жыл. №21 (7985)
Толық атым-фамилиям: Авезов Саламат Юлдашевич.
Туӯылған сәнем: 1983 жыл 27 июль.
Туӯылған жерим: Нөкис қаласы.
Мағлыӯматым: ТИТУ Нөкис филиалы «Хабар Технологиялари» факультети.
Қәнегилигим: Информатика ҳәм хабар технологиялары, Веб-дизайнер.
Буржым: Арыслан.
Мушелим: Тоңғыз.
Толық...