Сана: 07.11.2018 | Муаллиф: Исламатдин Алланов | Манба: Makan.uz | Ўқилди: 717Шарҳ 0
Журтбасшымыз Ш.Мирзиёевтың басламасы менен Өзбекстан мусылманлары басқармасы қасынан «Вақф» қайырқомлық фонды шөлкемлестирилген еди. Қайырқомлық фонды шөлкемлестирилгеннен баслап Өзбекстанның көплеген орынларында болып, сақаўат ҳәм нураныйлар үйлери, емлеўханалар, наўқаслар, мектеп-интернатлары, кем тәмийинленген, бағыўшысын жоғалтқан шаңарақларға бийғәрез жәрдемлер көрсетип келмекте.
Фондтың “Меҳир-мириўбет кәрўаны” республикамызда болып, Нөкис қаласындағы Имам ийшан Муҳаммад жоме мешитинде республикамызағы кем тәмийинленген 100 шаңараққа азық-аўқат өнимлерин, 15 нәгиранға нәгиранлық арбашасын, Нөкис медресесинде тәлим алып атырған барлық талабаларға ыссы кийимлер ҳәм усы медреседеги еки талабаның контракт пулын төлеў, сондай-ақ, фонд тәрепинен Нөкис қаласы мәкан пуқаралары жыйынларында жасаўшы 4 шаңарақтың турақ жайларын ремонтлап бериў режелестирилди ҳәм мешит имам-хатиблерине диний-мәрипий ҳәм әдебий китаплар берди.
Исламатдин Алланов,
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты хызметкери.
Толық атым-фамилиям: Авезов Саламат Юлдашевич.
Туӯылған сәнем: 1983 жыл 27 июль.
Туӯылған жерим: Нөкис қаласы.
Мағлыӯматым: ТИТУ Нөкис филиалы «Хабар Технологиялари» факультети.
Қәнегилигим: Информатика ҳәм хабар технологиялары, Веб-дизайнер.
Буржым: Арыслан.
Мушелим: Тоңғыз.
Толық...