Саламат Авезов

| |

Төрткүлде 5 кем тәмийинленген шаңарақларға 209 млн 350 мың сўм ақша ажратылды

Сана: 24.06.2019  |  Муаллиф: Саламат Авезов  |  Манба: Kar24.uz  |  Ўқилди: 1909Шарҳ 0

Бүгинги күнде Төрткүл районында 3-7 жаслы балалар саны 17719 адамды қурайды. 2017 жылда Мектепке шекем билимлендириў бөлими шөлкемлестирилиўден алдын 21 мәмлекетлик мектепке шекем билимлендириў мекемелеринде тәрбияланыўшылар 12 пайызыны қураған болса, ҳәзирги күнге келип 26 мәмлекетлик, 4 мәмлекетлик емес жекке шерикшилик, 13 шаңарақ мәмлекетлик емес бақшалары ҳәмде мектебке тайярлаў топарларына жәми 9117 аслам балалар қамтып алынып, 53,3 пайызыны қурайды.

Президентимиздиң Шавкат Мирзиёевтиң 2018 жыл 30 апрельдеги Қарарына муўапық райондағы  “Туркистон“ МПЖ аймағында «Мунира-Моҳира» ҳәм «Ўзбекистон» МПЖ аймағында «Бек-боғча» мәмлекетлик емес мекемелерге жер ажратылып, мәмлекетлик жекке шерикшилик тийкарында 100 орынға мөлшелленген мектепке шекем билимлендириў мекемелерди шөлкемлестириў ушын ҳәр бирине 1 пайызлы 2 млрд 668 млн сўм имтиязлы кредик ажратылып, пайдаланыўға тапсырылмақта.

Мектепке шекем билимлендириў системасыны кеңейтиў мақсетинде, бақша жастағы 3-7 жаслы балаларды мектепке шекем билимлендириў мекемелерине 2023 жылға дейин толып қамтып алыў көзде тутылған, Министрлер Кабинетиниң 2018 жыл 30 июльдағы қарары тийкарында райондағы 3 яғный, «Шўрахон» АПЖ, «Калтаминар» АПЖ ҳәм «Боғёп» МПЖларында 25 орынға мөлшелленген шаңарақ мәмлекетлик емес бақшалары да иске түсирмекте.

«Жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажланыў жылы»нда елатының социаллық қорғаўға мүтәж қатламларыны қаржылай ҳәм мәнаўий қоллап-қуўатланыўды күшейтириў, жәмийетте өзара аўызбиршилик, меҳир-ақыбет, баўыркеңлик ҳәм қайыр-сақаўат орталықты және де беккемлеў мақсетинде системалы жумыслар әмелге асырылмақта.

Усы процессынде Өзбекистан кәсиплик аўқамы Федерациясы ҳәм белсенди қатнағанлығы менен қатнаспақта. Яғный, Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017 жыл 12 сентябрьдеги «Елатының кем тәмийинленген қатламларыны қоллап-қуўатлаў бойынша қосымша шара-илажлар ҳаққында»ғы қарары орынлаўы барасында Өзбекистан кәсиплик аўқамы Федерациясы тәрепинен исши топар дүзилип, Республикамыздың бәрше аймақларында кем тәмийинленген шаңарақлардың социаллық, елаттың жасаў шариятыны үйренилди ҳәмде үй-жай ҳәм турмыслық техника менен тәмийинлеў, үйлерини абаданластырыў, медициналық хызмет барасында әмелий жәрдемге мүтәж шаңарықлар анықланды.

Усы қарар орынлаўы барасыны тәмийинлениўи районда 2017-2018 жылларда жәми 2016 кем тәмийинленген шаңарақларға  турмыслық техникалар ушын 198 млн 891 мың 100 сўм, кем тәмийинленген шаңарақлардың 12 асламына медициналық хызмет көрсетиў, даўаланыў, хирургиялық емлениўлери ҳәм дәри-дарманлары ушын 48 млн сўм ҳәм 35 кем тәмийинленген шаңарақлардың үй-жайларыны абаданластырыў ушын 327 млн 280 мың 635 сўм қаржылар ажратылды.

2019 жылға келип районда майыпларды қарап атырған мүтәж, кем тәмийинленген шаңарақлардың жасаў шариятларыны және де жақсылаў мақсетинде 5 шаңарақларға 209 млн 350 мың сўм ақша ажратылып турар жайлары жаңадан қурылып тапсырылмақта.

Өзбек тилинен:
Саламат Авезов.

Дерек: Kar24.uz – Биз жазыўдан алдын ойлаймыз

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Излеў


Хызмет көрсетиӯ

Тийкарғы бөлим

Рубрика

Меҳир қолларымызды созайық

Өз ҳуқықыңызды билесиз бе?

Go to Top