Саламат Авезов

| |

Майыплық... (Инвалидность...)

Сана: 17.07.2019  |  Муаллиф: Саламат Авезов  |  Манба: Социаллық мақалаар  |  Ўқилди: 2665Шарҳ 0

Бул сөзлер (яки түсиниклер)диң мәнисини ҳәр ким ҳәр түрли түсиниўи,  характерлениўи мүмкин. Ал, мен ушын аўыр сөзлер.

Өмир даўам етер екен, түрли ой-қыялдағы, түрлише дүньяқарашдағы инсанлар менен мүнәсебетке киришемиз. Өкинишли, мүнәсебетлер ҳәр қыйлы (Бәлким қуўанышлы).

Инсанлар менен мүнәсебетте болыў қалеўим жоқары болғанлығы ушын жақында бир ашық мүнәсебетке киришип қалдым. Айырым педагоглар, МПЖ баслықлары, бир қатар социаллық шөлкемлер ўәкиллериден ибарат болған дөнгелек стол атырапында жүдә жақсы темада жүдә жақсы пикирлер айтылды. Хош, усы дөнгелек стол атырапының қандай байланысы бар, демекшисиз бе?

Жасы үлкенлерден көп пикирлерди алған болсам-да, ҳәр дайым дыққатымды да тартты, ҳәм ашырды. Гәп сонда, тема айланып-айланып физикалық кемшилиги болса-да, көп нәрселерге үлгерилип атырған жаслар ҳаққында тақалғанда, пикир билдирилген педагоглан, басшылар,  социаллық тараў ўәкиллериниң 80 пайызы “Майып” деген сөзди хеш екиленбей “сулыўлық пенен пайданылады!” (Бәлким бул жағдай тек ғана маған басқаша түйилетуғын шығар).

Хош, “Майып” ким?

Усы орында рахметли устаз Тоҳир Маликтиң пикирлерини еслеп, мийемдеги қарсы қыялларды тәртипке салдым.

“Тилимизде ҳәр қыйлы атамалар бар, жақымлы, айрым ашынарлы. Олардың бири “Майып” деген атама. Аллаҳ ҳәр бир адамды ҳәр қыйлы қылып жаратады. Айрымлар туўылыўдан, айрымлар арттырма кемшилигине ийе болады. Булардиң ҳәммеси сынаў. Сынаў дегеним, Аллаҳ адамға ҳайўаннан парықлысы ақыл ҳәм жүдә үлкен төзим берген. Лекин, бул төщимди ҳәмме бир қыйлы күшге кирите алмайды. Сол күшти адам өзи береди төзимге. Төзимсизлиги оның әззиллиги.

Ҳәмме жери саў-саламат, ҳәмме шараятлары бар оқымайды, илим алмайды, ериншек, хошжақпас – әне солларды майып дейиўи керек!

Енди дөнгелек стол атырапына қайтамыз.

Физикалық кемшилиги барлығы туўрыдир бәлким. Ал, бул “Майып” дегени емес-ғо!

Мен күзетген усы ибрат ўәкиллери сол түшиникти туўры ислете алмаса, ким ислетеди? “Майып” деп тийкарыны майыпқа шығарып қойылмаған шығар?

Сол себепли, инсан магнит әлеминдн жасайды. Өмирмизде болып атырған ҳәмме нәрсени өзимизге тартып аламыз: Адамлар, ўақыялар, аўҳаллар. Ҳәттеки, атамаларға маслықларында. Айтаты ғо, адамдың аты – тәғдирден дерек! Өзлериңизге мәлим имканияты шекленгенлерге “Ат” қойып алармаяпмыз ба?

“Майып”, “Имканияты шекленген” , “Майыплығы бар...” кеби атамаларды бир-биринен ажратыўына көп излениўлер яки ақыл керек емес шығар?!

Жоқарыдағылар мениң жекке пикирлерим еди. Бул пикирлер анықрағы физикалық кемшилигимден емес...

Түсиндириў сизден...

Өзбек тилинен:
Саламат Авезов.

Дерек: Birga katta kuchmiz

Ўзбекча | Русский | Қарақалпақша

Излеў


Хызмет көрсетиӯ

Тийкарғы бөлим

Рубрика

Меҳир қолларымызды созайық

Өз ҳуқықыңызды билесиз бе?

Go to Top